Жумыс барысы үйренилип, әмелий жәрдемлер көрсетилмекте

307


Қарар ҳәм оның орынланыўы

Республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўын орынларға шыққан ҳалда үйрениў ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетиў мақсетинде тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, депутатлардан ибарат топарлар турақлы түрде жумыс алып бармақта.

 

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитети баслығының орынбасары Н.Мусамухамедов Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте сырт еллердиң қатнасыўындағы инвестициялық ҳәм азық-аўқат өндириси бойынша ислеп шығылған жойбарлардың әмелге асырылыў барысы, машқалалары бойынша кәрханалар кесиминде орынларға шыққан ҳалда үйрениў жумысларын алып бармақта. Республикамызда жумыс ислеп турған исбилерменлик субъектлерине «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режиминиң абзаллықлары терең жеткерилип, түсиник жумыслары әмелге асырылмақта.

Дәслеп, жуўапкерлер Тақыятас районындағы «Регион агроинвест экспорт» ЖШЖда болып, баҳасы 5 миллиард сумға тең май ислеп шығарыўды кеңейтиў жойбарын әмелге асырыў бойынша исленип атырған жумыслар менен танысты. Усы жылдың төртинши шерегинде толық иске түсирилиўи нәзерде тутылып атырған бул жойбар бойынша кәрхана жылына 5 мың тонна май ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады ҳәм тағы 5 пуқараны турақлы жумыс орны менен тәмийинлейди.

Жуўапкерлер Хожели районындағы «Гөшсүтсаўда Хожели» ЖШЖда болып, нан өнимлери ҳәм гөшти қайта ислеў бойынша баҳасы 2 миллиард 300 миллион сумлық жойбардың әмелге асырылыў процесслерин де үйренди.

Жылына 150 тонна нан ҳәм нан өнимлери, кондитер, сүт ҳәм гөш өнимлерин қайта ислеў қуўатлылығына ийе болатуғын бул жойбардың толық көлемде иске түсирилиўи нәтийжесинде 20 жаңа жумыс орны жаратылады.

Кейинги мәнзил Нөкис районындағы жылына 10 мың тонна қус гөшин жетистириў жойбарын алға қойған «Нөкис бройлер» ЖШЖ болды. Азық-аўқат ислеп шығарыў көлемин арттырыў арқалы оларды халыққа турақлы баҳаларда жеткериў мақсетинде қоллап-қуўатланылып атырған бул жойбарға 3 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициясы қаржыларын өзлестириўи белгиленген. Усы жылдың үшинши шерегинде бул жойбардың әмелге асырылыўы менен тағы 50 жергиликли халық турақлы жумыс менен тәмийинленеди.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары Нөкис қаласындағы терини қайта ислеўге қәнигелескен «Orient TECHNOLOGY» қоспа кәрханасы ҳәм Тақыятас районындағы бийдай масақларынан ун өндириўши «Атиаж Гүлзар» кәрханасында болып, импорт тәртибинде алып кирилип атырған шийки затлардан «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимине жайластырыў абзаллықлары ҳаққында түсиниклер берилди.

Усы жерде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2024-жылдың есабынан жәми 5 кәрхана тәрепинен 832,5 мың АҚШ доллары муғдарындағы 3,3 мың тонналық товар «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимине рәсмийлестирилип, баҳасы 366,7 мың АҚШ долларына тең болған 1,4 мың тонна қайта исленген өнимлер экспорты әмелге асырылғанлығын атап өтиў керек,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ ҚК ас дузын қайта ислеўди шөлкемлестириў жойбары үстинде ислеп атыр. Бул жойбардың баҳасы 36 млрд 544 миллион сумды қурап, соннан 1 миллион АҚШ доллары сырт ел инвестициясы есабына туўра келеди. Н.Мусамухамедов бул кәрхананың экспортты әмелге асырыўда потенциалы үлкен екенлигин айрықша атап өтип, бажыхана аймағында қайта ислеў режими мүмкиншиликлеринен пайдаланыў имканиятлары туўралы мағлыўматлар берилди.


«Кантекс инвест» ЖШЖ тәрепинен гезлеме ҳәм реңли гезлемелерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарын барып үйрениў даўамында, ҳәзирги күнде ийирилген жип ислеп шығарып, оны экспортқа жиберип атырған кәрхана ушын бул жойбар перспективалы екенлигин айтып, қаржы менен тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестириў мәселелери бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги