Дүньядағы ири IT билимлендириў компаниясы басшылары менен ушырасыў өткерилди

230

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов АҚШта “EPAM System” яғный дүнья жәмийетшлигиндеги ири IT билимлендириў компанияларыныӊ технологиялық шешимлер бойынша вице-президенти Kris Layer ҳәм мәмлекетлик сектор бойынша вице-президенти Anna Danegger менен ушырасты.

Онда Өзбекстанныӊ IT тараўы, атап айтқанда, IT хызметлерин экспорт етиў процесслери, ерисилген жетискенликлери ҳәм раўажланыў перспективалары додаланды. “EPAM System” компаниясыныӊ ўәкиллери Өзбекстанда санлы технологиялар тараўында кадрлар потенциалы жоқары екенин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, ҳүкимет тәрепинен глобал IT бизнести раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратылғанлығы, ҳәр тәреплеме ҳәм узақ мүддетли қоллап-қуўатлаў илажлары тән алынды.

“EPAM System” компаниясы дүнья жәмийетшилигиндеги ири IT билимлендириў компаниясы екенин есапқа алып, Министр тәрепинен компания ўәкиллерин Өзбекстан билимлендириў жумысын раўжаландырыў ҳәм кеӊейтиўге ерисиўде компания менен ислесиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Атап айтқанда, жасалма интеллект бағдарында кадрлар таярлаўға итибар қаратыў зәрүр екени атап өтилди.

“EPAM System” компаниясы ўәкиллери заманагөй билимлендириўди шөлкемлестириў ҳәм оған сырт елли қәнигелерди тартыўда жәрдем беретуғынын билдирди.

Н.Раҳмонова, ӨзА