Мәнзиллердиң бирден-бир реестри жетилистирилмекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен оператив ислерди қабыллаў ҳәм жуўмақлаў жумыслары алып барылмақта.
Басқарма филиалларындағы қәнигелер орынлардағы ҳәким мәсләҳәтшилери менен биргеликте, көше-жол тармағы элементлериниң қатламын анықлаў, атама ҳәм қайта атама бериў ушын усыныс таярлаў жумысларын әмелге асырды.
Дәслеп, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында штаб шөлкемлестирилип, соңынан басқа қала ҳәм районларда әмелдеги көше-жол тармағы элементлериниң түрлерин анықлаў жумыслары жолға қойылды. Буннан тысқары, Шымбай, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Бозатаў районлары қәнигелери ҳәм ҳәким мәсләҳәтшилерине елатлы пунктлердиң структуралық бөлимлериниң түрин белгилеў, атама бериў ҳәм қайта атама бериў, мәмлекетлик реестр базасынан дизимнен өткериў ҳәм хожалықлардың мәнзилин дурыс бериў бойынша мәҳәлле кесиминде жумыслар алып барылды.
– Үйрениў жумысларының нәтийжелерине тийкарланып, Нөкис, Тақыятас районлары толық, Нөкис қаласынан 20 мәҳәлле, Хожели районынан 13 мәҳәлледе көше-жол тармағы элементлериниң (гүзар көше, көше, туйық көше, тар көше) Arc GIS программасында схематикалық картасы таярланды,-дейди басқарманын жетекши кәнигеси Толыбай Ходжеметов.
Оған тийкарланып мәҳәллелердиң шегараларын белгилеў ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен тастыйықлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы жәми 451 мәкан (аўыл) пуқаралар жыйынларының шегаралары көрсетилген карталары таярланып, 2022-2023-жылларда жергиликли кеңеслердеги депутатлардың қарарлары менен тастыйықланды.
Оған қосымша географиялық объектлердиң атамаларының мәмлекетлик реестр базасында тәкирарланған көшелер мәмлекетлик кадастрлар палатасы филиалы қәнигелери тәрепинен мәҳәлле кесиминде көшелерди категорияларға ажыратқаннан кейин ҳәкимликлер менен биргеликте қайта атаў, байланысыўын өзгертиў ҳәм мәмлекетлик реестр базасына өзгерислер киргизиў жумыслары алып барылыўы белгиленди.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги