Халқымыз ҳаял-қызларды ояныӯ ҳәм жасарыӯ пасылы болған бәҳәрге теңейди. 8-март- халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамының да усы мәӯсимниң дәслепки күнлеринде белгилениӯинде де, әне, усындай ҳикмет жәмленген десек асыра айтқан болмаймыз.

Бүгинги күни республикамыздың ҳаял-қызлары халық хожалығының дерлик барлық тараӯларында жемисли хызмет етпекте.

Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Елликқала районының «Пахтачи» мәкан пуқаралар жыйынында да 8-март- халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы салтанатлы түрде белгиленди.

Оған аймақтағы нураный аналар ҳәм белсенди ҳаял-қызлар бир кесе шай үстинде өз-ара дийдарласты.

Кешеде район ҳәкиминиң орынбасары А.Юлдашева, районлық ишки ислер бөлиминиң баслығы Қ. Узақбаевлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыӯшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.





Ал, районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған саз-сәӯбетли концерт бағдарламасы болса, кешеге өзгеше заӯық бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы