Халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли ҳаял-қызларымызды айрықша сыйлап, оларға бәрқулла ҳүрмет көрсетип келген. Бул жоқары қəдирият бүгинги күнде де сақланып, елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик – сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыў – мәмлекетлик сиясаттыӊ баслы бағдарларынан бирине айланған.

8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Судьялар жоқарғы кеңесиниң басламасы менен суд системасында жумыс алып барып атырған бир топар ҳаял-қызларды хошаметлеӯ мақсетинде, байрам илажы шөлкемлестирилди.

Видеоконференция байланыс режиминде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде мәмлекетимиздеги судья ҳаял-қызлар қатарында Қарақалпақстанлы судьялардың бар екенлиги айрықша мақтанышлы. Атап айтқанда, олардың арасында жынаят ислери бойынша Беруний районы судының баслығы Рано Камалова «Суд фахрийси» көкирек белгиси менен, Нөкис районлараралық экономикалық судының баслығы Зульфия Хасанова Өзбекстан Республикасы Жоқары суды белгиси түсирилген қол сааты менен сыйлықланды.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Суды баслығы К.Тарихов шығып сөйлеп, суд тараӯында ислеп атырған барлық кәсиплеслерин халықаралық байрам менен қутлықлап, Жоқары суд сыйлықларын өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.



Өз гезегинде сыйлық ийелери де шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын кеше шөлкемлестириӯшилерине терең миннетдаршылық билдирип, алдағы ӯақытлары да бул жоқары исенимди инабат пенен атқаратуғынлығын атап өтти.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы