8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен орынларда өткерилип атырған руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлар даўам етпекте.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында да байрамға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.

Байрам кешесине филиал жәмәәти, ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылар, техник хызметкерлер ҳәм студент-қызлар қатнасты.

Байрам кешесин филиал директоры, профессор Байрамбай Еримбетов кирис сөз бенен ашты ҳәм илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлап, филиалда жумыс ислейтуғын ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетилип, оларға байрам саўғалары тапсырылды.

Атап өтилгениндей, елимиздиң раўажланыўында, шаңарақтың беккем болыўында ҳәм жәмийетлик турмыста ҳаял-қызлардың орны әҳмийетли. Бүгинги ҳаял-қызлар мәмлекетимиздиң барлық салаларында белсенди. Жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыста, мәмлекетлик басқарыў уйымларында, өндиристе, исбилерменликте ҳәм басқа да тараўларда ерлер менен бир қатарда жемисли мийнет етпекте.

Байрам кешеси Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис филиалының студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.




Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги