Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен 2024-жыл – Мәмлекетлик кадастрлар палатасында «Архив ҳүжжетлерин тәртип бойынша номерлестириў ҳәм олардың есабын дурыс жүргизиўди жолға қойыў жылы» деп жәрияланып, палата филиалларындағы архивлерде сақланып атырған ҳүжжетлерди хатлаўдан өткериў ҳәм оларды бағдарлама бойынша жүргизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
– Архив кадастрдың тийкары есапланады. Солай екен, оны сақлаў тәртибин дурыс жүргизиў ҳәм оларды номерлестириў тараў ушын зәрүрли бағдар болып табылады. 2024-жылда бул мәселеге итибар және артады. Қараөзек, Әмиўдәрья, Шоманай ҳәм Бозатаў районлары филиалларында архив ҳүжжетлерин номерлер бойынша тәртиплестириў толық жуўмақланды. Соның менен бирге, бул бағдардағы жумыслар басқа қала ҳәм район филиалларында даўам етпекте,-дейди, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының архив исин қадағалаў бас қәнигеси Наўрызбек Жүзмуратов.
Соны айрықша атап өтиў орынлы, архив қәнигелери кадастр ҳүжжетлериниң зыянсыз, қәўипсиз ҳәм түп нусқада сақланыўына жуўапкер есапланады.
Мәселен, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы филиалының архивинде 1936-жылғы ҳүжжетлер сақланып келинбекте. Бул ҳүжжетлерди мәңги сақлаў мақсетинде тәртип бойынша номерлестириў ҳәм олардың есабын дурыс жүргизиў жумыслары басқышпа-басқыш алып барылмақта.
Нөкис қаласы кадастр филиалындағы жәми 89 мыңнан аслам кадастр ҳүжжетлеринен бүгинги күнде 3 мыңнан асламы электрон форматқа өткерилип тәртип бойынша номерлестирилмекте.
Үлги сыпатында танлап алынған Әмиўдәрья районы филиалы архивине керекли заманагөй-мобиль стеллаж, сенсор датчиклер, темир есик ҳәм басқа да зәрүрли техникалар менен үскенеленген.
Бунда айрықша жағдайлар жүз бергенде, суў тасқынлары ҳәм басқа да ҳәдийселерден ҳүжжетлердиң қәўипсиз, узақ мүддетке сақланыўы, келешек әўладқа сапалы ҳалда жеткерип бериў күтилмекте. Сондай-ақ, номерлер бойынша тәртиплестириўде ҳүжжетлерди аңсат ҳәм оператив табыў, соның менен бирге, электрон нусқаларының жыллар даўамында сақланыўы тәмийнленеди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги