Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-март күни экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөй Сума Чакрабарти менен ушырасыў өткерди.  

«Өзбекстан – 2030» стратегиясының барысы ҳәм оны усы жылы әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы көрип шығылды. Өзбекстанның ЖСШға кириў бойынша сөйлесиўлер процеси шеңбериндеги жумысларды жеделлестириў, атап айтқанда, миллий нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди шөлкем талапларына үлестириў мәселелери талқыланды.

Ишимлик суўы тәмийнаты, мектеплер инфраструктурасын жақсылаў, онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, мәмлекетлик хызметте сапаны арттырыў ҳәм бәсекиликти тәмийинлеў бағдарындағы жойбарлар бойынша анық әмелий илажларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сондай-ақ, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейтиў мәселесине итибар қаратылды. Сол мәниде, кеңесгөйи жедел халықаралық әмелиятты есапқа алған ҳалда коммерциялық келиспеўшиликлерди шешиўдиң анық механизмлерин усыныс етти.

ӨзА