Беруний районы Бостан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Санобар Айтенова үй қапталы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып келмекте.
Шаңарақтың абаданлығы елимиздиң раўажланыўына хызмет етеди. С.Айтенова 2 сотых жерде палыз өнимлериниң нәлин, 2 сотых жерде үйде өсирилетуғын гүл жетистирип келмекте.
Усының есабынан мол дәраматқа ийе болмақта. Сондай-ақ, мәўсим даўамында 15 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлемекте.
Байрам күнлеринде ол жетистирген гүллерди алыўшылардың изи үзилмейди. Бай ҳәм жақсы жасаўдың сыры мийнетте дейди ол.
Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги