“Ибрат перзентлери” шөлкеми мәмлекетлик дизимнен өткерилди

Өзбекстанда мәмлекетлик сиясаттыӊ әҳмийетли бағдарларынан бири – бул жаслар мәселелери есапланады. Мәмлекет басшысы тәрепинен 2024-жыл – Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәрияланғаны да бийкарға емес.
Соған бола, жаслардыӊ илим алыўына болған қуштарлығын арттырыў, жәмийетте өз орнына ийе болыўына жәрдем бериў ҳәм раўажланыў жолындағы жумыслар ушын жуўапкершилик сезимин арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып табылады.
Әне, усы мақсетте Әдиллик министрлиги тәрепинен “Ибрат перзентлери” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Шөлкемниӊ тийкарғкы мақсети – өзбекстанлы тилк үйрениўшилерге шет тиллерин, сырт еллилерге өзбек тилин системалы ҳәм креатив усылда үйретиў, тараўға тийисли оқыў қолланбалар, бағдарламалар, электрон ҳәм баспа сабақлықлар жаратыў, жасларды билим алыўға шақыратуғын видеоөнимлер ислеп шығарыўдан ибарат.
Шөлкем дүнья тиллерин өзбек тили арқалы үйрениўди қоллап-қуўатлаў, өзбекстанлы жаслардыӊ саўатлылық дәрежесин арттырыў ҳәм шет тиллерин үйрениўин тәмийинлеў, сырт мәмлекетлерде жумыс алып баратуғын билимлендириў шөлкемлери, тил мектеплери менен бирге илсесиўди раўажландырыў, тиллер марафонын шөлкемлестириў ҳәм бул арқалы ҳәр бир тилди жойбар шеӊберинде тереӊ ийелеген пайдаланыўшыларды излеп табыў, хошаметлеўди өз алдына мақсет етип қойған.
Н.Абдураимова, ӨзА