Алимент тɵлеўден қашып жүрген ǝке 15 суткаға қамалды

171

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, прокуратура, суд ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте тастыйықланған қоспа бийликке тийкарланып алимент өндириўге байланыслы машқалалы орынлаў ҳүжжетлеринин орынланыўыны тәмийинленбекте.

Атап айтқанда, Мǝжбурий орынлаў бюросы Қараɵзек районы бɵлиминдеги суд буйрығына муўапық қарыздар К.К.дан өндириўши У.Д пайдасына алимент өндириў белгиленген болып, қарыздар алимент пулларын тɵлеўден қашып жүргенлиги себепли оның қарыздарлығы 40 миллион сумдан артып кеткен.

Бюро басқармасы излеў секторы ҳǝм Қараөзек районы бɵлими хызметкерлери тǝрепинен алып барылған оператив-излеў илажында қарыздар К.К. Нɵкис қаласында жүргенинде табылып, оған ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилди ҳәм топланған ҳүжжетлер Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судына жиберилген.

Суд тәрепинен 2024-жылы 5-март күни қарыздар К.К.ға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 474-статьясына тийкарланып 15 сутка хәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги