Дүнья жүзи бойлап Facebook ҳәм Instagram ислемей қалды

235

Соңғы хабарларға қарағанда, дүнья жүзи бойлап  Facebook ҳәм Instagram тармағына кириўде машқалалар жүз берген.

Пайдаланыўшылар Facebook аккаунтына кире алмағаны ҳәм Instagram қосымшасы жаңалаўды тоқтатқаны ҳаққында хабар берди. Социаллық тармақлар жумыс столы ямаса мобиль версияларда да ашылмаған.

Буннан тысқары Youtube видеохостингинде де насазлық болған.

Соның менен бирге, социаллық тармақлардың жумысына байланыслы машқалалар ҳаққында шағымлар тек ғана ҒМДА халқынан емес, ал пүткил дүнья жүзинен де келген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги