Қараөзекли белсенди ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетилди

305

Бүгин Қараөзек районында  «8-март- халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен «Сизлер менен өмир гөззал, әзиз ҳаяллар» сүрени астында  байрам кешеси болып өтти.

Оған аймақтағы сектор баслықлары, нураный аналар менен ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет ислеп атырған белсенди ҳаял-қызлар қатнасты. Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм бир қатар нураныйлар шығып сөйлеп, байрам қатнасыўшыларын ҳәм гүллән район ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлады.

Сондай-ақ, кешеде шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип, жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыз абаданлығын арттырыў, жасларды  кәмил инсанлар етип тәрбиялаў жолында мийнет етип киятырған нураный ҳаял-қызлар ҳәм белсенди жаслар мақтаныш пенен тилге алынып, бир қатар нураный аналар,  белсенди ҳаял-қызларға район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары менен байрам саўғалары тапсырылды.



Байрам кешеси районлық мәденият бөлими хызметкерлериниң мәдений илажлары менен қызғын даўам етти.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы