Нөкистеги үйден 4140 литр “Аi-80” маркалы бензин табылды
257

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги, айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында бензин саўдасы менен шуғылланып келген пуқара анықланды.
Атап айтқанда, пуқара Б.Т. нызамсыз дәрамат табыў мақсетинде “Аi-80” маркалы бензин жанылғысы саўдасы менен шуғылланып келген. Оннан жәми 4140 литр бензин айғақлы дәлил ретинде алынды
Ҳәзир бул жағдай бойынша тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги