Үйрениў жумыслары Беруний районында даўам етти

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери орынбасары Актам Ҳайитов басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болып, халықтыӊ қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыў, бәнтл икке көмеклесиў, өним ислеп шығырыўды кеӊейтиў, макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша жумыслар үйренилди.
Атап айтқанда, Президентимиздиӊ басшылығында өткерилген мәжилислерде белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында аймақтыӊ экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў, инвестиция ҳәм экспорт көлемин арттырыў, санаат, қурылыс, транспорт, экология ҳәм социаллық тараўларда быйылғы жылда әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалардыӊ орынланыўы менен танысты.
Дәслепки мәнзил райондағы “Райҳон Аппарел”жуўапкершилиги шекленген жәмийети болды. Онда қатнасыўшыларға “Өзбекстан – 2030” стратегиясыныӊ әҳмийети, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеӊеси ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниӊ қоспа қарары тийкарында дүзилген жумысшы топардыӊ ўазыйпалары бойынша мағлыўмат берилди.

500 жумыс орнына ийе бул тигиўшилик фабрикасы өз жумысын 2023-жылы баслады. Бул жерде ислеп шығарылған таяр өнимлер Қытай ҳәм Россия мәмлекетлерине экспорт етиилмекте. Кәрханадағы заманагөй үскенелер Швейцария, Япония ҳәм Германия мәмлекетлеринен алып келинген.

Жумысшы топар ағзалары фабрикадағы жумыс процесслери менен танысты. Мәмлекетимизде исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде ислеп шығарылып атырған өнимлер жәҳән базарларында өз қарыйдарына ийе болмақта.

Жумысшы топардыӊ ағзалары сондай-ақ, райондағы Перинатал орайы, аграр тараўда шаӊарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде дийқан хожалықларыныӊ үлесин арттырыў мақсетинде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланып атырған шаӊарақлардыӊ жумысларын үйрениў менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги