Алдын хабар бергенимиздей республикамыздың талантлы жаслары арасында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Йош» эстрадалық таңлаўы басқышпа-басқыш даўам етпекте. Пайтахтымыздағы көркем өнер сарайында таңлаўдың үшинши басқышы болып өтти.
Таңлаў қатнасыўшылары биринши басқышта еркин темада, екинши басқышта қарақалпақ эстрадасынан қосықларды атқарып шыққан болса, бул турда жуплық болып дуэт атқарыў шеберлиги төрешилер баҳалаўынан өтти.
Жәми 7 жуплық, 14 қатнасыўшы қатнасқан үшинши турды баҳалаў төрешилер қурамы ушын да бираз қыйыншылықларды туўдырды. Гезектеги тур жоқары дәрежеде өтиў менен бирге, қызғын пикирлерге себеп болды.
-Жойбардың ҳәр бир басқышында қатнасыўшыларымыздың ашылмаған қырларын көрип атырмыз. Биз талантлы жаслар арқалы қарақалпақ эстрадасының келешегин сахнада көрмектемиз. Халқымыз арасында еле танылмаған талант ийелери көп. Бундай таңлаўлар олардың жүзеге шығыўына хызмет етеди деп ойлайман,-дейди төрешилер қурамы ағзасы, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Баҳадыр Разымбетов.
-Бизлер бул турда Зарима Махсудова менен биргеликте Баҳадыр Разымбетов ҳәм Сарбиназ Аннақулованың атқарыўындағы «Ләйлим бол» қосығын атқарып шықтық. Финал басқышында жеңимпаз болыў нийетинде алдағы басқышларда да қосықларды жақсы атқарып шығыўға ҳәрекет етемиз,-дейди таңлаў қатнасыўшысы А.Халқназаров.
Мағлыўмат орнына айтып өтетуғын болсақ, таңлаў алты басқышта даўам етеди ҳәм таңлаў жеңимпазлары финал басқышында шөлкемлестириўшилер тәрепинен ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы