Зульфияның қарақалпақстанлы избасарлары

274

Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 4-марттағы «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳүрметлеў, олардың ийгиликли арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм өзиниң таланты, әҳмийетли идея ҳәм басламалары, ибратлы әмелий жумыслары ҳәм ерискен жетискенликлери менен жасларға үлги болып киятырған бир топар қызлар усы сыйлыққа ийе болды.

Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалалр музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Гүлшынар Худайбергенова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети филология бағдары 4-курс студенти Нурсулыў Коканова усы сыйлыққа ийе болды.

1999-жыл 10-май күни Хожели районында туўылған Г.Худайбергенова көркем өнер тараўының бақсышылық бағдарында дөретиўшилик етип келмекте. Республика көлеминде өткерилип киятырған руўхый-ағартыўшылық илажлардың белсенди қатнасыўшысы ҳәм таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизген. 2019-жылы Ташкент қаласында Сүўретлеў көркем өнери галереясында бақсы Ерисбай Асқаров пенен бирге «Саятхан Ҳемре» атамасында дәстан кешесин өткерди.

2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айымхан Шамуратованың 105 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген таңлаўда белсене қатнасты. 2023-жылы «Аббас ҳаўазы – Қаратерең сазалары» фольклор фестивалы шеңберинде «Бақсышылық» бағдарында өткерилген республикалық таңлаўда, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан халық бақсысы Әмет Тарийховтың 100 жыллық мүнәсибети менен өткерилген республикалық бақсылар таңлаўында биринши, «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилген «Дәстүрий ҳәм заманагөй саз әсбаплары атқарыўшылығы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында екинши орынды ийеледи.

Нөкис қаласы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң 2022-2023-оқыў жылы даўамындағы пидәкерлик мийнети, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда қосқан үлеси ушын Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри тәрепинен ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Г.Худайбергенова бақсышылық пенен бирге өз бағдары бойынша республика көлеминде өткерилип киятырған илимий-әмелий конференцияларда тезис ҳәм мақалалары менен қатнасып келмекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллер факультети шет тили ҳәм әдебияты бағдарының 4-курс студенти Н.Коканова 2002-жылы 18-сентябрьде Кегейли районында туўылған. Инглис тили ҳәм әдебияты пәнин терең өзлестириў менен бир қатарда, жаслар арасында китап оқыўды ҳәм әдебиятты кеңнен үгит-нәсиятлаў, қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бағдарындағы реформаларға үлес қосып келмекте. 2018-жылы «Ғәрезсиз ел перзентимен», 2022-жылы «Customs of Karakalpakstan» атамасындағы китаплары, 2023-жыл «The World of Idioms» df «English Idioms» атамасында монографиясы басып шығарылған. 2018-жыл «Жас китапқумар» таңлаўының республикалық басқышында жеңимпазлықты қолға киргизип, жоқары сыйлық, яғный Президент саўғасы «Spark» автомобили менен сыйлықланды.

2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Үмит ушқыны» көкирек белгиси, Ҳиндстан Республикасы CSIR-CECRI JIGYASA шөлкеми тәрепинен дүнья жүзи китаплары күнине бағышлап өткерилген онлайн таңлаўда сертификат пенен сыйлықланды. 2022-жылы Қазақстан Республикасында шөлкемлестирилген «Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы – 2022» таңлаўында, 2023-жылы Россия мәмлекетиниң «Dictation NSTU 2023» халықаралық онлайн таңлаўында екинши орынларды ийелеген. 2022-жылы Қазақстан Республикасының «Дүнья жүзи талантлары ассоциациясы» ағзалығына қабыл етилген. 2022-жылы «Образование и наука в XXI веке» илимий электрон журналында «The importance of modern methods in learning foreign languages in education» атамасындағы илимий мақаласы, халықаралық илимий-әмелий онлайн конференцияда « Phrasal verbs and their meanings in pride and prejudice» атамасындағы мақаласы, 2022-жылы Халықаралық илимий-әмелий онлайн конференциясында « Application of proverbs in english and karakalpak» атамасындағы мақаласы, 2022 жылы Academicia Globe:  Inderscience Research илмий журналида The importance of Shakespeare’s tragedies in English literature атамасындағы, ИНТЕРНАУКА илимий журналында Using of idioms in English language and their meaning атамасындағы мақаласы Asian Journal of Research in Social Sciences and Humanities илимий журналында Proverbs in the English language, their meanings and equivalent in the Karakalpak language атамасындағы мақаласы ушын сертификат пенен сыйлықланған.

2023-жылы Египет мәмлекетинде шөлкемлестирилген, көркем өнер ҳәм тынышлық форумында қатнасты. 2023-жылы Аргентина мәмлекетиниң Juntos por las Letras жазыўшылар аўқамына, 2023-жылы Өзбекстан Республикасының HONORSOCIETY жазыўшылар аўқамына ағзалыққа қабыл етилди. 2023-жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик тест орайы тәрепинен шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында С1 дәрежели сертификат пенен сыйлықланды. 2023-жылы Ҳиндстанның Ramco институты тәрепинен «Тәбиятты қорғаў күни» мүнәсибети менен өткерилген халықаралық онлайн таңлаўда сертификатты, Пакистанның Iqra foundation фонды тәрепинен «Тынышлық ҳәм әдилликти қорғайтуғын арнаўлы елшиси» гүўалығын қолға киргизди. Бакалавр бағдарындағы алмасыў бағдарламасы тийкарында Словакия мәмлекетиндеги «University of SS. Cyril Methodius Namaste Jozefa Herdu 2», « University of Pavel Jozef Safarik », ҳәм « University of Zilina» атындағы жоқары билимлендириў мәкемелерине грант жеңип алды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы