Енди нәресте туўылғанда оныӊ атына тамғаланған терек нәллери егилиўи мүмкин

252

Министрлер Кабинетиниӊ “Перзент туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық алыўда терек егиў ушын буйыртпа бериў бойынша мәмлекетлик хызмет, “Жаӊа әўлад бағлары”н қурыў ҳәм кепилликли сақлаў механизмлерин енгизиў ҳаққында”ғы қарарыныӊ жойбары додалаўлар порталында жәрияланды.

Жойбарға бола, 2024-жыл 1-июльға шекем перзент туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық алыўда терек егиў ушын буйыртпа бериў бойынша мәмлекетлик хызмет ҳәм электрон платформа толық жолға қойылады.

Сондай-ақ, Кадастр агентлиги район (қала) ҳәкимликлери менен ҳәр жылы 1-ноябрьге шекем аймақларда “жасыл бағлар”, “жасыл жәмийетлик парклер” ҳәм “Жаӊа әўлад бағлары” қурыў мүмкин болған район (қала) ҳәкимликлери балансындағы бос турған жерлердиӊ дизими, майданы ҳәм мәнзили ҳаққында мағлыўматлар топланады.

Ҳәр жылы 1-декабрьге шекем ҳәр бир район (қала)да “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы даўыс бериў жолы менен, жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплескен “Мениӊ бағым” жойбарлары шеӊберинде халықтыӊ басламасы менен “жаслы бағ” ҳәм “жасыл жәмийетлик парклер”ди қурыў ушын ҳәм бала туўылғанлығы ҳаққында гүўалық алыўда атына тамғаланған ҳалда терек нәллерин егиў арқалы “Жаӊа әўлад бағлары”н қурыўға жер майданлары ажыратылады.

Перзент туўылғанлығы ҳаққында гүўалық алыўда терек егиў ушын буйыртпа бериў оныӊ атына тамғаланған ҳалда терек нәллерин егип “Жаӊа әўлад бағлары”н қурыў мақсетинде туўылған баланыӊ ата-анасы яки қәўендери тәрепинен өз келисими менен “Жасыл төлем” электрон платформасы арқалы яки басқа түрдеги онлайн электрон платформасы арқалы төлемди әмелге асырған ҳалда мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы буйыртпа бериледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА