Москва музейлерине «Өзбекстан мәдений мийрасы дүнья жүзи топламларында» дүркининдеги китап-альбомлар саўға етилди

193

Өзбекстанның Россиядағы елшиси Батыржан Асадов Пүткилроссия декоративлик-әмелий ҳәм халық әмелий көркем өнери музейи ҳәм Шығыс мәмлекетлик музейи басшысына «Өзбекстан мәдений мийрасы дүнья жүзи топламларында» дүркининдеги 50 томлық китап-альбомларды тапсырды.

Елши бундай руўхый-ағартыўшылық илажлар Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы мәдений байланысларды буннан былай раўажландырыў ҳәм тереңлестириў, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў тараўларында өз-ара бирге ислесиў ушын жаңа шеклерди ашыўда әҳмийетли қәдем болатуғынын атап өтти. 50 томлық китап-альбомлардың презентациясы тек ғана қайырқомлық акциясы емес, ал Өзбекстан ҳәм Россия тарийхы, дәстүрлери ҳәм мәденияты арасындағы көпир екени айрықша атап өтилди.

Бул басылымлар Москваның жетекши музейлериниң коллекцияларын байытып, Өзбекстанның сийрек ушырасатуғын мәдений мийрасын тән алыў ҳәм ҳүрмет етиўди сәўлелендириўши белгисине айланады.

Пүткилроссия декоративлик-әмелий ҳәм халық әмелий көркем өнери музейиниң директоры Елена Титова Өзбекстан ҳәм Россия музей мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға таяр екенин билдирди. Өз-ара бирге ислесиў тек ғана көргизбелер өткериў емес, ал хызметкерлер арасында тәжирийбе алмасыў, ҳәм маманлық арттырыў бағдарламаларын жолға қойыўды да өз ишине алыўы мүмкин екени атап өтилди.

«Өзбекстан мәдений мийрасы дүнья жүзи топламларында» китап-альбомлары Өзбекстан тарийхы, көркем өнери ҳәм мәдениятының байлығы ҳәм рәң-бәреңлигин сәўлелендириўши сийрек ушырасатуғын топлам болып есапланады. Томларда Өзбекстанда ҳәм пүткил дүнья жүзи музейлери ҳәм жеке коллекцияларда сақланып атырған археологиялық табылмалар, архитектуралық естеликлер, реңли сүўретлер, мүсиншилик ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелериниң әжайып сүўретлери ҳәм толық классификациялары орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги