Мәмлекет 2022-2023-маркетинг жылында Өзбекстанға 4,3 миллион тонна бийдай ҳәм ун экспорт еткен.

Қазақстаннан Өзбекстан, Қытай, Әзербайжан, Иран ҳәм басқа да мәмлекетлерге сортсыз бийдай жеткерип бериў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте. Бул ҳаққында Қазақстан Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына сүйенип Kazinform хабар берди.

Атап өтилиўинше, Орайлық Азия мәмлекетлери (Өзбекстан, Тәжикстан, Түркменстан) ҳәм Аўғанстан дәстүрий түрде Қазақстаннан бийдай импорт етиўши мәмлекетлер есапланады. Соның менен бирге, Қазақстан 2022-2023-маркетинг жылында 10 миллион тонна рекорд дәрежесиндеги бийдай ҳәм ун экспорт еткен. Соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлерине – 5,8 миллион тонна (Өзбекстан – 4,3 миллион тонна, Тәжикстан – 1,1 миллион тонна, Түркменстан – 0,4 миллион тонна), Аўғанстанға – 2,6 миллион тонна, Қытайға – 369 мың тонна, Әзербайжанға – 277,1 мың тонна, Иранға – 171,1 мың тонна ҳәм басқа да мәмлекетлерге 642 мың тонна.

Өткен жылы жаўын-шашын аз болса да, 17 миллион тонна дән (2022-жылы 22 миллион тонна), соның ишинде, 12,1 миллион тонна бийдай жыйнап алынған. Атап өтилиўинше, бул факторлар усы жылдың экспорт потенциалына тәсир етпейди.

Соның менен бирге, 2024-жыл 24-февраль жағдайына маркетинг мәўсими басынан (2023-2024) дән эквивалентинде бийдай ҳәм ун экспортының көлеми өткен жыл дәрежесинде сақланып қалған, экспорт көлеми дерлик 6 миллион тоннаны қураған. Соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлерине – 3,6 миллион тонна (Өзбекстан – 2,4 миллион тонна, Тәжикстан – 0,8 миллион тонна, Түркменстан – 0,3 миллион тонна), Аўғанстанға – 1,2 миллион тонна, Қытайға – 481,1 мың тонна, Иранға – 34,9 мың тонна.

Қарақалпақстан хабар агентлиги