Өзбекстан гендер теӊлиги индексинде еӊ алдынғы өзгерислерди әмелге асырған мәмлекетлер қатарына кирди

Жәҳән банки “Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” жыллық есабатын жәриялады. Онда ҳуқықый тараўда гендер теӊлигине ерисиў жолындағы дүньяныӊ раўажланыўы баҳаланады. Ҳүжжет 190 мәмлекетте ҳаял-қызлардыӊ жағдайын 10 көрсеткиш (“қәўипсизлик”, “бәнтлик”, “мийнетке ҳақы төлеў”, “неке” ҳ.т.б) бойынша баҳалайтуғын индексти өз ишине алады.
Өзбекстан еӊ үлкен жетискенликке ерискен бес мәмлекет қатарынан орын алды. 2022-жылдыӊ октябрь айынан берли мәмлекетте әмелге асырылған реформалар, атап айтқанда еки тийкарғы көрсеткиш – “мийнетке ҳақы төлеў” ҳәм “неке” шеӊберинде мәмлекеттиӊ рейтингтеги орнын жақсылаўға унамлы тәсир көрсетти.
Бул Өзбекстан рейтингиниӊ 11,9 пунктке көтерилиўине алып келди ҳәм мәмлекет 100 баллдан 82,5 балл топлады. Өзбекстан Сингапур, Түркия ҳәм БАӘ менен бирдей балл топлады, сондай-ақ, Орайлық Азияда еӊ жақсы нәтийжелерди көрсетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги