Статистика агентлиги жумысы жолға қойылады

141

Өзбекстан Республикасы Президенти “Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлигиниӊ жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлигиниӊ шөлкемлестириў структурасы;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги ҳаққындағы реже;

Рәсмий статистика тараўында реформаларды тереӊлестириў ҳәм система жумысын трансформациялаў бойынша “жол картасы”;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлигиниӊ 2024-2025-жыллары ерисиўи керек болған мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары);

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлигиниӊ Статистика кеӊеси қурамы ҳәм оныӊ режеси тастыйықланды.

2024-жылдыӊ ақырына шекем “Статистика” интегралласқан мәлимлеме системасы ҳәм “Электрон ҳүкимет” системасыныӊ Уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арасында электрон мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылады. Онда рәсмий статистика мағлыўматларын қәлиплестириў мақсетинде, тийисли дәслепки мағлыўматлар Статистика агентлиги тәрепинен “Электрон ҳүкимет” системасынан еркин түрде алынады.

Қарарда:

2024-жылдыӊ ақырына шекем “Рәсмий статистика мағлыўматларына болған исеним индекси” методикасын ислеп шығыў;

2024-жыл 1-мартқа шекем пайланыўшылар арасында тийисли сораўлар өткериў ҳәм нәтийжелерин жәриялаў;

2024-жыл 1-апрельге шекем рәсмий статистика мағлыўматларына болған исеним индексин жақсылаў бойынша мақсетли көрсеткишлерди ислеп шығыў ҳәм кейинги жылдан баслап ҳәр жылы 1-мартта тийисли сораў нәтийжелерин жәриялап барыў белгилеп берилген.

Қарарға муўапық, Статистика агентлиги рәсмий статистиканы қәлиплестириў менен байланыслы өз ўәкилликлерин барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден еркин түрде әмелге асырады.

Статистика уйымларыныӊ нызамлы жумысына, атап айтқанда, статистика бақлаўларын өткериў, статистика мағлыўматларын таярлаў ҳәм оларды жәриялаў процесслерине ҳәр қандай араласыўға жол қойылмайды.

Статистика агентлиги тәрепинен қәлиплестирилетуғын статистикалық мағлыўматлар рәсмий статистика мәлиимлемеси сыпатында жәрияланады.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы статистика басқармалары, сондай-ақ, районлық (қалалық) статистика бөлимлери жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан еркин болып табылады ҳәм тиккелей Статистика агентлигине бойсынады.

                                                                                                                  ӨзА