Чехия пайтахты Прага қаласында шахмат бойынша «Prague International Chess Festival» турнири болып өтпекте.

Дүньяның ең күшли 10 гроссмейстери қатнасып атырған бул жарыста  Нодирбек Абдусатторов 6-турға келгенде биринши мәрте жеңилиске ушырады.

Атап айтқанда, ол ақ тасларда ойнаўына қарамастан, ҳиндстанлы Рамешбабу Праггнанандҳаға 0:1 есабында жеңилип қалды.

Лекин, Нодирбек бул жеңилиске қарамастан турнирде 4 упай менен жетекшилик етпекте.

Ал, 2-орында киятырған румыниялы Ричард Раппорт, иранлы Мақсудлу ҳәм ҳиндстанлы Рамешбабу Праггнанандҳада 3,5 упайдан бар болып, олар жеңимпазлық ушын кескин гүрес алып бармақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы