Өткен ҳәптеде Өзбекстан мусылманлары басқармасы басламасы менен Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Әзербайжан сыяқлы түркий мәмлекетлер Пәтўа кеңеслериниң онлайн мәжилиси болып өтти, – деп жазады Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспасөз хызмети.

Уламалар ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен Рамазан айы ҳилалын бақлаў бойынша исленип атырған ислер, астрономиялық есап-санақ ҳәм мағлыўматлар толық үйренилди. Сондай-ақ, дүньядағы үлкен пәтўа басқармалары ҳәм астрономия институтлары хабарлары толық көрип шығылды.

Түркий мәмлекетлер уламалары фиқҳий қағыйдаларға сүйенген ҳалда астрономиялық есап-санақ ҳәм бақлаўларды итибарға алып, ҳижрий 1445-жыл Рамазан айының биринши күни миләдий 2024-жыл 11-март, дүйшемби күнине туўры келиўи ҳаққында бирдей пикирге келди.

 

   Қарақалпақстан хабар агентлиги