Президентимиздиң  тапсырмасы менен Нөкис районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде  Самарқанд ўәлаяты тәрепинен әмелий жәрдем көрсетилип келинбекте. Бул бағдарда үлкен жойбарлар әмелге асырылып,  ажыратылған қаржы есабынан өткен дәўир ишинде районда дийқан базары, Имам ийшан жомье мешити, 3 АПЖ ҳәм орайлық китапхана имаратлары қурып питкерилип, 3 км  жол қайта оңланды. Сондай-ақ, жобаға киргизилген социаллық жәрдемге мүтәж  970 шаңарақтың,  459 сына  әмелий жәрдем көрсетилди. Усы жыл  28-29-февраль күнлери бирге ислесиўди еле де раўажландырыў мақсетинде Нөкис районындағы  тараў қәнигелеринен ибарат делегация ағзалары Самарқанд ўалаятында хызмет сапарында болды. Хызмет сапарын шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет, самарқандлы  исбилерменлер ҳәм бизнес ўәкиллериниң жумысларын жақыннан үйрениў  арқалы бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Дәслепки күни Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигинде делегация ағзалары менен өткерилген ушырасыўда Нөкис районында исбилерменлик жумысларын жолға қойған исбилерменлер менен сәўбетлесиў өткерилди.  Өткерилген ушырысыўда Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған реформалар, Қарақалпақстан Республикасы ушын айрықша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиник берилди. Сондай-ақ, усы имканиятлардан келип шығып, Нөкис районында жаңа жойбарларды әмелге асырыўды мақсет еткен исбилерменлер менен өз-ара келисип алынды. Буннан соң делегация ағзалары Жомбой районында жайласқан «BOǴBON IN VITRO LABORATORIYA» кәрханасында алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Бул кәрхана аўыл хожалығы тараўы ушын барлық түрдеги нәл жетистириў  менен шуғылланады. Жылына 4-5 млн түп декоратив ҳәм мийўели нәллер жетистирилип, шәртнама тийкарында жеткерилип бериледи.




Буннан соң делегация ағзалары ўәлаятта жайласқан «SamIT global» орайындағы жумыслар менен танысыў барысында,Нөкис районындағы  ITтараўына қызығатуғын ҳәм инглис тилинен сертификатына ийе болған  жасларды усы орайда  оқытыў бойынша келисимге еристи. Сондай-ақ, келешекте «SamIT global»   кәрханасының Нөкис районынан филиалын шөлкемлестириў, IT экспорт хызметлерин әмелге асырыў бойынша сәўбетлесиўлер алып барылды. Буннан соң  Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов Ургут районы ҳәкими Б.Жаббаров пенен биргеликте, усы районда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты. Ушырасыўда ургутли исбилерменлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў, Нөкис районында исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.





Делегация ағзалары, сондай-ақ,  Ургут санаат зоналарындағы ири жойбардың жумыслары менен жақыннан танысты. Атап айтқанда Ургут районындағы гилем ислеп шығарыўшы «Sam-Negin» кәрханасы ҳәм турмыслық техникаларды ислеп шығарыўшы «IDEALL» кәрханаларындағы шығарылып атырған өнимлердиң таярланыў басқышын көзден өткерди. Усы санаат зоналарындағы исбилерменлик тәжирийбелерин Нөкис районында әмелге асырыў бойынша келисип алынды.




-Бул хызмет сапарынан үлкен тәсирлер менен қайттық. Самарқандлы исбилерменлер менен ушырасыўлардан соң районымызда үлкен  илажларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге еристик. Алдағы ўақытлары бул жойбарлар әмелге асырылса, районымыз және де раўажланып, жумыссыз жасларымыздың бәнтлиги тәмийинленеди, -дейди Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Сайыпов.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы