Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен ҳәзирги ўақытта орынларда «8-март  – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен өткерилип атырған ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараўларда жемисли мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызлардың қатнасыўында театрластырылған саз-сәўбетли мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады. Шайыр Г.Дәўлетова байрамға арналған қосығын оқып берди.



Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, илим, билимлендириў, мәденият, спорт, исбилерменлик, өнерментшилик, мәмлекетлик сиясат, қулласы, барлық тараўларда мүнәсип орын ийелеп, үлкен жетискенликлерге ериспекте.

Әсиресе, халқымыздың исенимине ерисип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 160 қа шамалас депутат ҳаял-қызларымыздың жумыс алып барып атырғаны, буннан тысқары, 15 илим докторы менен 180 ге шамалас илим кандидатларының жасларымызға устазлық етип, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында 56 мыңнан зыят, денсаўлықты сақлаў тараўында 24 мыңға шамалас, мәденият ҳәм спорт тараўларында 1,5 мыңнан аслам, исбилерменлик тараўында 7 мыңнан аслам ҳаял-қызларымыздың мийнет етип атырғаны олардың шын мәнисинде жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўларда шешиўши күшке ийе екенин және бир мәрте дәлиллейди.

Әлбетте, тынышлық ҳәм абаданлық болған елде раўажланыўлар болады, адамлар жаңаланыў, дөретиўшилик, жақсылық тилеги менен жасайды. Өткен жыллар ишинде өзлериниң айрықша таланты, терең билими ҳәм шеберлиги менен ажыралып туратуғын 31 қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алыў бахтына миясар болды. Сондай-ақ, қарақалпақстанлы 95 ҳаял-қыз «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Усы күнге шекем 52 ҳаялларымыз «Ибратлы ҳаял» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыў – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады. Усы мақсетте 17 мыңнан аслам ҳаял-қызлар турақлы жумысқа жайластырылды, 10 мың 703 ҳаял-қыз мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге қайта оқытылды. Және де, халықты исбилерменликке бағдарлаў қоры есабынан 3854 ҳаял-қызға 20 миллиард 352 миллион сум муғдарында субсидиялар ажыратылды. Исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм кеңейтиўди қәлеўши 29 мыңнан аслам ҳаял-қызға 563 миллиард 101 миллион сум муғдарында кредитлер ажыратылды. 126 ҳаял-қыздың операциясы ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар  мәмлекетлик мақсетли қоры қаржылары есабынан 1 миллиард 328 миллион  748 мың сум муғдарындағы қаржылары өткерип берилди…

Шынында  да, бахытлы оқыўшы кийиминдеги қызлар, заманагөй кәрханаларда мийнет етип атырған қыз-келиншеклер, балаларға илим нурын таратып атырған устазлар, депутатлық хызметине кирискен ҳаял, үлгили жойбарлар тийкарында қурылған үйлерде жасап атырған, өзлеримизде ислеп шығарылған автомобильлерди басқарып атырған, саламат ҳәм қуўанышлы перзентти еркелетип атырған ҳаяллардың жүзинде бахытты көрип үлкен қуўанышқа бөленемиз.

Илаж театр актёрлары ҳәм көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.









    Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери