Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының гезектеги көшпели қабыллаўы Әмиўдәрья районында болып өтти.

Қабыллаў даўамында 9 физикалық ҳәм юридикалық тәрептиң мүрәжаты тыңланды. Соннан  3 мүрәжат орнында қанаатландырылып,  2 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди. Қалғанлары қадағалаўға алынып, оларды қысқа мүддетте унамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.

Келип түскен мүрәжатлардың көпшилигин суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеў, соның ишинде, алтаўы алимент, екеўи пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң пайдасына қарыздарлықты, биреўи мийнет ҳақыны өндириў ҳәм басқа мәселелерге байланыслы мүрәжатлар қурайды.

Атап айтқанда, суд қарарына тийкарланып қарыздарлықты өндириўде әмелий жәрдем сорап келген пуқараларға әмелий жәрдем бериў ямаса қарыздарлардың жуўапкершилиги мәселелери бойынша жуўапкер басшыларға тийисли тапсырмалар берилди.

Мәселен, қабыллаўда “Ақ алтын Әмиўдәрья” фермер хожалығының баслығы А.Халимбетов “Амударётех” жуўапкершилиги шекленген жәмийети кластеринен қарыздарлықты өндирип, оны өзи басшылық етип атырған фермер хожалығының салық қарыздарлығын қаплап бериўге жәрдем бериўди сораған мүрәжаты көрип шығылды. Нәтийжеде өндирилген 130 миллион сум пул фермер хожалығының салықтан қарыздарлығын жабыў ушын Әмиўдәрья районы салық инспекциясына өткерип берилди.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының республикамыз бойлап көшпели қабыллаўы даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги