Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен ҳәзирги ўақытта орынларда «8-март  – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен ҳәр қыйлы мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлары шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы менен биргеликте «Кеше ҳәм бүгин қарақалпақ ҳаял-қызлары» атамасында миллий кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.


Онда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнсыўшыларды  «8-март  – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Көргизбеде республикамыздың қала ҳәм районларынан келген оннан аслам өнерментлер жаңа дизайнде бәҳәр мәўсими ушын арнаўлы тигилген миллий кийим-кеншеклери менен қатнасты.







– Бүгинги өткерилип атырған илажда мен де өз коллекциямды алып шықтым. Коллекциямның аты «Тулымшақ». Онда тулымшақ, сырға салыў образларын жеткерип бериўге ҳәрекет еттим. Бундай илажлар, әлбетте, миллий кийимлер дизайны бойынша пикир алысыў, бир-биримизден тәжирийбелеримизди үйрениў мүмкиншилигин береди. Бир-биринен сулыў, бир-биринен әжайып кийимлерди көрип, мен де қуўанышқа бөлендим. Көргизбеде көрсетилген кийим-кеншеклер ҳаял-қызларымызға унады, деп ойлайман. Өткерилген илаждың бәҳәр басланыўы менен ҳаял-қызлар байрам алдынан өткерилиўи бизлер ушын да жақсы болды. Ол арқалы өзлеримиздиң жетискенликлеримизди ҳәм басқалардың жетискенликлерин көриўге де миясар болдық,-дейди «Тулымшақ стайл» дизайнерлик ательесиниң басшысы Г.Хожанова.

Илажда келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын жаслар қатарында болып, өзлериниң дөретиўшилик мийнетлери менен миллий мәдений мийрасларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы пидайылығы, жаңалыққа умтылыўшаңлығы, заманға сай излениўшеңлиги менен көзге түсип, «8-март  – Халықаралық ҳаял-қызлар күни»  мүнәсибети менен өткерилген усы кешеде белсене қатнасқан ҳаял-қызлар хошаметленип, миннетдаршылық хатлары тапсырылды.



Илаж талантлы жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери