Женевада БМШтыӊ Инсан ҳуқықлары бойынша кеӊесиниӊ 55-сессиясы ашылғаны ҳаққында хабари берген едик. Онда Өзбекстан делегациясы қурамында Олий Мажлистиӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) де қатнасты.

Женеваға сапары шеӊберинде Өзбекстан Омбудсманы Феруза Эшматова бир қатар абырайлы халықаралық шөлкемлер менен ушырасты.

БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары басқармасыныӊ Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери департаменти баслығы орынбасары М.Боянич ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар Глобал алянсы  (GANHRI) эксперти К.Криттинлер менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўларда халықаралық экспертлер мәмлекетимизде инсан қәдирин жоқарылатыў бағдарында қабыл етилген әҳмийетли стратегиялар ҳәм олардыӊ орынланыўы нәтийжесинде ерисилген жетискенликлер, конституциялық реформалар ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген мақсетлер, қыйнаўлардыӊ алдын алыў бағдарындағы Өзбекстан тәжирийбеси ҳаққында хабардар етилди.

Сөйлесиўлер халықаралық экспертлер тәрепинен Омбудсман институтыныӊ 29 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген халықаралық конференция инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық миннетлемелердиӊ орынланыўы бойынша алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм Омбудсманлар күн тәртибинде турған әҳмийетли мәселелерди додалаў ушын платформа сыпатында хызмет еткени айрықша атап өтилди.

Сәўбет даўамында инсан ҳуқықлары тараўындағы абырайлы халықаралық шөлкемлердиӊ ўәкиллери Өзбекстандағы унамлы өзгерислерди айрықша атап өтип, өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўден мәпдар екенин билдирди.

Ҳәр еки ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти, перспективадағы жойбарлар бойынша пикир алысылды.

Н.Абдураимова, ӨзА