Усы жыл 1-мартта «Қамсызландырыў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыўдың комплексли илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2024-жыл 1-сентябрьден қамсызландырыўдың барлық түрлери бойынша қамсызландырыў (қайта қамсызландырыў) шәртнамаларын бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы дизимнен өткериў ҳәм қамсызландырыў полислерин усы система арқалы рәсмийлестириў мәжбүрий есапланады.

Барлық қамсызландырыў түрлери бойынша қамсызландырыў полислерин тек қағаз ттүринде рәсмийлестириў әмелияты бийкар етиледи.

Қамсызландырыў полислерин бирден-бир рәсмийлестирилген мәлимлеме системасы арқалы рәсмийлестирмеў оларды ҳақыйқый емес деп табыўға тийкар болады ҳәм қамсызландырыўшы тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шәртлерин бир рет қопал тәризде бузыў есапланады.

Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги қамсызландырыўшылар тәрепинен көрсетилетуғын қамсызландырыў хызметлериниң сапасы бойынша қамсызландырыўшылар рейтингин жүргизеди ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялайды.

Ш.Маматуропова, ӨзА