Нызамға бола, бала ҳуқықлары бойынша ўәкил (Балалар омбудсманы) лаўазымлы шахс болып, ол мәмлекетлик уйымлар, соныӊ менен бирге, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар, сондай-ақ, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырады.

Ўәкил өз ўәкилликлерин еркин түрде мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларына бойсынбаған тәризде әмелге асырады ҳәм өз жумысында Олий Мажлис палаталарына есап берип турады.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил Олий Мажлистиӊ Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты тәрепинен 5 жыл мүддетке сайланады.

Нызам менен, бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиӊ тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери белгилеп қойылды, атап айтқанда:

лаўазымлы шахсларға бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықтыӊ бузылыўына жол қоймаўы ҳаққында ескертиўлер жибериў;

мәмлекетлик уйымлардыӊ ҳәм басқа шөлкемлердиӊ басшыларына бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықтыӊ бузылыўы, оларға имканият бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныснамалар киргизиў;

ҳәрекетлери яки ҳәрекетсизлигинде бала ҳуқықлары бузылғаны анықланған шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында тийисли уйымларға өтиниш хатлар киргизиў ҳуқықына ийе.

Ўәкил ҳәр жылы, есабат жылынан кейинги жылдыӊ 15-февралынан кешиктирмей Олий Мажлис палаталарына бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етиў жағдайы ҳаққында мәлимлеме береди.

Ўәкил баланы қыйнаў ҳәм басқада аяўсыз, инсаныйлыққа жат яки қәдир-қымбатын кемситиўши қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыўдыӊ алдын алыў бойынша шаралар көреди.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил өзиниӊ Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы ўәкилин тайынлайды.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги