Усы жылдыӊ 1-март күни Қытай Халық Республикасыныӊ Қашғар қаласында Өзбекстан – Қытай – Қырғызстан ҳүкиметлери делегацияларыныӊ үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы Ақылбек Жапаров, Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросыныӊ ағзасы, Шинжон-Уйғур автоном районы Парткомы хаткери Ма Синжуй қатнасты.

Атап өтилгениндей, Қытай Халық Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы Өзбекстан Республикасыныӊ әҳмийетли экономикалық бирге ислесиўшилери болып есапланады.

Мәмлекетимиздиӊ Қытай ҳәм Қырғызстан менен товар алмасыў көлеми жылдан-жылға өсип бармақта.

Қытай ҳәм қырғызстанлы бирге ислесиўшилеримиз бенен биргеликте транспорт-логистика, энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы ҳәм экономиканыӊ басқа тармақларында салмақлы жойбарлар әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда “Бир мәкан, бир жол” басламасы шеӊберинде қурылыўы режелестирилген “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол линиясы регионымызды Қытай менен байланыстыратуғын еӊ қысқа альтернатив жол екени атап өтилди.

“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол линиясын қурыў ҳәм оннан пайдаланыў ушын биргеликтеги кәрхана қурыў усынысы қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан тәрепи, Қытайдан Қырғызстан ҳәм мәмлекетимиз аймағы арқалы мультимодал транспортты раўажландырыў ушын қолай шараятлар жаратыў бойынша ис-ҳәрекетлерди бирлестириўге шақырды.

Сондай-ақ, “Иркештом” қадағалаў-өткериў пункти жумысын және де жетилистириў, қолайлы шараятлар жаратыў, өткериў имканиятларын кеӊейтиў бойынша тийисли илажлар көриўге келисип алынды.

Ушырасыўда тәреплер усы жылы “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол линиясын қурыў бойынша әмелий жумысларды баслаў әҳмийетли екени атап өтти.

Үш тәреплеме сөйлесиўлерден соӊ, делегациялар басшылары “Улуғчат” бажыхана терминалы ҳәм “Иркештом” қадағалаў-өткериў пункти жумысы менен жақыннан танысты.

Улыўма, Өзбекстан делегациясыныӊ Қытайға сапары шеӊберинде “Қашғар экономикалық ҳәм технологиялық раўажланыў зонасы” жумысы менен жақыннан танысылды, бир қатар жетекши компаниялар менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги