2024-2026-жыллар аралығында Өзбекстанда күшли жер силкиниўлерди есапқа алатуғын станциялардыӊ саны басқышпа-басқыш 200 ге жеткериледи, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Бул ҳаққында «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2024-жылы әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасында белгилеп қойылды.

Онда халықаралық сейсмикалық бақлаўлар глобал системасы менен интеграцияласыў тийкарында Республикада күшли жер силкиниўлер ҳаққында ерте ескертиў миллий системасы нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, 2024-жылы июньда Халықаралық сейсмикалық бақлаўлар глобал системасына жалғанған қоӊсы республикалардыӊ сейсмикалық станцияларын миллий сейсмикалық бақлаўлар тармағына интеграциялаў жумыслары әмелге асырылады.

Сондай-ақ, усы жыл августқа шекем қоӊсы республикалар менен сейсмикалық мағлыўматларды тиккелей реал ўақыт режиминде алмасыў жолға қойылады.

Жоқарыдағы илажлар Сейсмология, имаратлардыӊ сеймикалық беккемлиги ҳәм сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги