«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада барлық бағдарлар қатарында ең әҳмийетли мәселелерден бири болған экология тараўында да бир қатар мақсет-ўазыйпалар өз көринисин тапқан.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде шаң боранларына қарсы гүресиў ҳәм олардың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў шеңберинде 2024-жыл 1-марттан баслап аймақларда шаң бораны жүз берип атырғанда ҳәм атмосфера ҳаўасында майда дисперс зыянкеслери белгиленген нормадан жоқары болғаны анықланғанда халықты ескертиў, жүрек-қан тамыр ҳәм дем алыў жоллары кеселликлерине шатылған ҳәм денсаўлығы ҳаўаның патасланыўына тәсиршеңлиги жоқары болған басқа да пуқараларды зәрүр профилактикалық илажлар ҳаққында турақлы хабардар етиў әмелияты жолға қойылатуғыны белгиленген.

Сондай-ақ, өлшеми 500 метр квадрат ҳәм оннан аслам болған қурылыс майданларында, оған кирип-шығыў жолларында шаң ҳәм қум зыянкеслериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырыў бойынша мәжбүрий талаплар енгизиледи.

Буннан тысқары, 2024-жыл 1-марттан баслап Ташкент қаласында жүк тасыў ушын мөлшерленген, рухсат етилген толық салмағы 10 тоннадан жоқары болған N2, N3, О4 категорияға киретуғын автотранспорт қуралларының ҳәрекети тығыз ўақыт аралықларында қадаған етиледи. Бунда усы шеклеўлер арнаўлы хызмет, соның ишинде, коммунал хожалығы, абаданластырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң жүк транспорты қуралларына енгизилмейтуғыны белгиленген.

Мағлыўматларға бола, усы ўазыйпа шеңберинде пайтахтымызда тығыз ўақыт аралығында (саат 07:00 ден 10:00ге шекем) рухсат етилген толық салмақты 10 тоннадан аслам жүк транспорт қуралларының айдаўшылары менен түсиндириў жумыслары алып барылып, олардың ҳәрекетин Ташкент айланба автомобиль жолы арқалы шөлкемлестириў бойынша илажлар көрилмекте.

Мухтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы