Нызамшылыққа бола, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологияларының тараўлары ҳәм жәмийетлик жумыста айрықша жетискенликлерге ерискен 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған талантлы ҳаял-қызларға берилетуғыны белгиленген.

Сыйлық ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан екеўден талапкерлерге бериледи.

Сыйлықты алыў ушын талапкер кейинги 3 жыл даўамындағы ибратлы жумысы, өз тараўындағы ҳәм жәмийетлик жумыстағы айрықша жетискенликлерине байланыслы ҳүжжетлерди усыныўы керек.

Сыйлық ийелери егер улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары болса, бакалавриатқа, бакалавриат студентлери болса, магистратураға тийисли бағдар ҳәм қәнигелик бойынша кириў сынақларысыз мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыл етиледи.

Сондай-ақ, Сыйлық ийелерине БЕМның 50 есеси (17 миллион сум) муғдарында пул қаржылары бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги