2-март күни Түркияның Анталия қаласында Үшинши Анталия дипломатиялық форумы шеңберинде Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм Россия СИМ басшысы Сергей Лавровтың ушырасыўы болып өтти.

Тәреплер Россия-Өзбекстан қатнасықларының айырым әҳмийетли мәселелерин додалады. Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги тәреплерди қызықтырған бир қатар мәселелер, соның ишинде, ҒМДА ҳәм ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги