Шоманай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбек халқының белгили шайыры Зульфия Исраилованың 109 жыллығына бағышланып, «Зульфияханым-меҳир ҳәм садықлық тымсалы» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Илажға Өзбекстан Қаҳарманы Анесия Сайтова ҳәм Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақстан халық бақсысы Гулбахар Ақымбетова, Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т. Қаллықлышова ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.


Илажды мектеп директоры З.Алланиязова ашып берди ҳәм жыйналғанларды бәҳәр байрамы менен қутлықлады. Илажда сөзге шыққанлар шайырдың өмир жолы, дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында сөз етип, оның гөззаллықты, садықлықты жырлаўшы шайыр екенлигин атап өтти. Ушырасыў кешесинде оқыўшы қызлар шайырдың қосықларын ядтан айтып, сахналық көринислер қойып берилди. Кеше мийманларына оқыўшы-қызлар өзлерин қызықтырған сораўлар берип, жуўап алды. Бақсы қыз Гулбахар Ақымбетова бақсышылық бағдарында қосықлар атқарып, кешеге өзгеше заўық бағышлады.



Қарақалпақстан хабар агентлиги