Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңеси, прокуратура, суд ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте тастыйықланған “Алимент өндириўге байланыслы машқалалы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған комплексли илажларды белгилеў ҳәм усындай шаңарақларда тәрбияланып атырған балалардың ҳуқуқлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған қосымша ўазыйпалар ҳаққында”ғы қоспа бийлигиниң орынланыўы бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Тақыятас районлық бөлими тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, жумысшы топар ағзаларының араласыўы менен алимент өндириўге байланыслы машқалалы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 5 ажырасқан жас шаңарақ жарыстырылды. Мәселен, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2022-жыл 8-июньдеги суд буйрығы тийкарында Г.А.ның тәрбиясындағы жасы жетпеген еки перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар С.Н.ның ҳәр айдағы жәми дәраматының  1/3 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген. Жумысшы топар ағзалары тәрепинен өндириўши ҳәм қарыздар менен алып барылған түсиндириў жумыслары нәтийжесинде ажырасқан тәреплердиң жарасыўына ерисилди.

Буннан соң, өндириўши 2024-жылы  27-февраль күни Мәжбүрий орынлаў бюросы Тақыятас районлық бөлимине келип, жоқарыда көрсетилген суд ҳүжжетине тийкарланып өндириўи белгиленген алимент пулларынан бас тартатуғынын билдирди ҳәм орынлаў ҳәрекетлери тоқтатылды. Нәтийжеде жасы жетпеген еки перзент толық шаңарақлық орталықта тәрбияланатуғын болды.

Ҳәзирги ўақытта жумысшы топар ағзалары тәрепинен алимент өндириўге байланыслы машқалалы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған иалжлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги