Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалы қоңсылас мәмлекетлердиң абырайлы жоқары оқыў орынлары менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойып келмекте.

Атап айтқанда, филиалдың “Зооинженерия” кафедрасының баслығы, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы  (PhD) Х.Маматов шәртнама тийкарында Қызғыз Республикасының Ош мәмлекетлик университетинде болды.

Жоқары оқыў орнының ўәкиллери менен болған ушырасыўда бирге ислесиў ҳәм дослық байланысларын буннан былай да беккемлеў, профессор-оқытыўшылардың тәжирийбе, студентлер ушын академиялық аламасыўды жолға қойыў, биргеликте дуал тәлимди раўажландырыў, ири илимий жойбарлардың үстинде жумыс алып барыў, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўлары бойынша жаңалықларды жаратыў бойынша сөйлесиўлер болды. Сапар даўамында мийман университетте студентлер ушын жаратылған шараятлар, атап айтқанда оқыў бөлмелери, лабораториядағы  заманагөй үскенелер, китапханадағы әдебиятлар менен танысып, жаслар менен сәўбетлести.

– Қырғызстанға сапарым тәсирлерге бай болды, – дейди Х.Маматов. – Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында байланысларды беккемлеў бойынша сөйлесиўлер алып бардық. Бул жердеги жаратылған шараятлар менде айрықша тәсир қалдырды. ϴзим Самарқандтанман. Нөкис қаласында ислеп атырман. Қырғызстанлылар қарақалпақстанлылар сыяқлы ашық кеўил ҳәм миймандос екен. Бул жерде алған тәжирийбелеримди филиал оқытыўшылары менен ортақласпақшыман.

Сапар даўамында еки тәреплеме байланысларды беккемлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Буннан алдын Ош мәмлекетлик университетиниң профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Абдуғани Абдурасулов республикамызда болып, филиал студентлерине сабақ өткен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги