Усы жылдың 29-февраль – 1-март күнлери Өзбекстан ҳүкимети делегациясы Қытайдың Кашгар қаласына барды.

Сапар шеңберинде 1-март күни Өзбекстанның бас министри Абдулла Арипов Қытай Коммунистлик партиясы орайлық комитети сиясий бюросының ағзасы, Синьцзян-Уйғыр автономиялы районының парткомының хаткери Ма Синжуй менен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы дослық ҳәм көп тәреплеме шериклик қатнасықлары жоқары дәрежеде раўажланып атырғаны, онда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай басшысы Си Цзиньпин арасында жақын, қызғын ҳәм дослық байланыслары айрықша әҳмийетке ийе болып атырғаны айрықша атап өтилди.

Өткен 2023-жылы Өзбекстан-Қытай арасында саўда көрсеткишлери рекорд дәрежеге – дерлик 14 миллиард долларға жетти. Жақын келешекте бул көрсеткишти 20 миллиард долларға жеткериў ушын еле иске қосылмаған оғада көп имканиятлар бар екени атап өтилди.

Ушырасыўда жоқары дәрежедеги ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў, заманагөй технология, үскенелерди импорт етиў ҳәм тоқымашылық, мыс, минерал төгинлер, аўыл хожалығы ҳәм басқа да түрдеги өнимлерди экспорт етиў, транспорт-логистика, энергетика, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдеги жойбарларды және де жеделлестириў мәселелери додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги