Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдыӊ әҳмийетли ўазыйпаларына бағышланып өткерилип атырған мәжилисте атап өтилди.
Үргенш районы “Чакка-шоликор” аўылында технопарк шөлкемлестириў, жыл жуўмағына шекем электротехника, тоқымашылық ҳәм қурылыс материаллары бағдарында 100 миллион долларлық жойбарларды иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
Оған қосымша ажыратылатуғын 25 миллион доллар есабынан киши ҳәм орта санаат жойбарларына 1,5 миллиард сумға шекем 18 проценттен 7 жыл мүддетке кредитлер бериледи.