Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары бойынша мәжилис болып өтпекте.

Мәжилисте Хазарасп еркин экономикалық зонасында қытайлы инвесторлар менен лак-бояў, шийше өними ҳәм электротехника бағдарында 300 миллион доллар муғдарында 4 жойбар жайластырылатуғыны атап өтилди.

Үргенш қаласындағы  «Ал-Хорезмий» комплексинде санаат имаратлары қурылып, исбилерменлерге «таяр ҳалда» тапсырылады

Сондай-ақ, ўәлаятта сырт елли инвесторлар менен биргеликте полипропилен, базальт өними ҳәм сендвич панель ислеп шығарыў, заманагөй ыссыхана шөлкемлестириў, ықшам аўыл хожалығы техникасын жыйнаў, мийўе-овощты қайта ислеў, мебель ҳәм тоқымашылық емес материал өндириси сыяқлы жойбарлар ислеп шығылған.

ӨзА