Вена қаласында ЕҚБШ Парламент ассамблеясы (ПА)ның қысқы сессиясы болып өтти.

Онда Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Р.Алимов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

Илажда 52 мәмлекеттен 330 дан аслам парламент ағзалары ҳәм бирге ислесиў бойынша шериклер қатнасты. Сессия шеңберинде ассамблеялардың үш турақлы комитетиниң мәжилиси ҳәм «Европа қәўипсизлиги бүгин ҳәм ертең: ЕҚБШ келешеги бойынша парламент көзқараслары» атамасындағы жалпы сессия болып өтти.

Сессияда Өзбекстан делегациясы ағзаларының баянатлары тыңланды. Сырт ел парламентарийлер ҳәм ЕҚБШ структураларының ўәкиллери ЕҚБШ сайлаў стандартларын Өзбекстан нызамшылық әмелиятына енгизиў, сондай-ақ, мәмлекетимиздеги экономикалық өсиўдиң жасыл факторы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ўәкиллеримиз ЕҚБШ ПА Терроризмге қарсы гүресиў арнаўлы комитетиниң гезектеги мәжилисинде де қатнасты. Онда терроризм ҳәм экстремизмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў, бул шақырық ҳәм қәўип-қәтерлерден жәбирленгенлерди реабилитациялаў бағдарында ҳәр тәреплеме пикир ҳәм тәжирийбе алмасты.

Сапар даўамында ЕҚБШ ПА арнаўлы ўәкиллери менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди. Мәмлекетимиздиң ЕҚБШ шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Институт ўәкиллери Өзбекстандағы реформаларды жоқары баҳалап, оларды табыслы әмелге асырыў ушын ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўге таяр  екенин билдирди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы