Қоңырат районындағы Есемурат жыраў атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби 1968-жылы шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги ўақытта бул жерде көркем өнердиң 11бағдары бойынша қөқ жас билим алмақта.  Оларға 30 дан аслам муғаллимлер көркем өнер сырларын үйретип келмекте. Мектеп 2010-жылы өзиниң жаңа имаратына ийе болып, заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.

Мектеп оқыўшылары республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилип киятырған түрли таңлаў ҳәм фестивальларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.  Әсиресе, 2005-жылы мектеп муғаллими Бахтияр Қыдырбаев басшылығында «Әткөншек» балалар ансамбли шөлкемлестирилип, бүгинги күнде жоқары нәтийжелерге ерисип киятыр.

―Ансамблимизден бүгинги күнде республикамызға белгили талант ийелеринен «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Саламат Аяпов, Зинатдин Нуратдинов, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Динара Нуратдинова менен Айымхан Наўрызбаева, Гүлрух Мамутова, Айдос Қоңыратбаев, Азиз Хожаназаров ҳәм басқа да талантлы жасларымыз жетисип шықты,― дейди ансамбльдиң көркемлик жақтан басшысы Бахтияр Қыдырбаев.

Ансамбль жәмәәти өткен жыллар даўамында Ташкент қаласында өткерилген «Қәлб», «Камалак жулдызлары»  балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери арасында өткерилген таңлаўларда жоқары орынларды ийеледи. Ал, жақында ғана Қазақстан Республикасының “Астана старт” шөлкеми тәрепинен өткерилген  «Ташкент гранд» халықаралық таңлаўында «Әткөншек» ансамбли Гран При жеңимпазы болды.

Сондай-ақ, Ташкент қаласында өткерилген «Астана старт» таңлаўында «Миллий музыка»  бағдары  бойынша  ансамбль жеңимпаз болған болса, усы бағдарда Арыўхан Ерсайымова  (устазы А.Жаңабаева) сыйлы үшинши орынды ийеледи. Ал, фортепиано бағдарында  болса Альмира Матмуратова ҳәм Мафтуна Турғанбаевалар (устазы П.Келмағамбетова) да сыйлы үшинши орынға ылайық деп табылды.




― Мектебимиздиң қәбилетли жасларын бир жерге жәмлеп, «Әткөншек» ансамблиниң жумысларын жетилистириўде, сондай-ақ, ансамбль репертуарын байытыўда  «Мәденият ҳәм көкем өнер пидайысы» көкирек белгисиниң ийеси, мектебимиздиң тәжирийбели  устазларынан бири Бахтияр Қыдырбаевтың мийнетлери айрықша. Ол жигирма бес жылдан берли мектебимизде жумыс алып барып атырған пидайы хызметкер,―дейди мектеп директоры Ўалийхан Давлетов.

Көркем өнерге ықласы бәлент талантлы жасларды тәрбиялап, оларды бир жерге жәмлеп, елимизге белгили қәнигелер болып жетилисиўине тийкар жаратып, келешегине айдын жол салыўда хызмет етип атырған мектеп жәмәәтиниң алдына қойған мақсетлери талай ғана. Устазлардың мийнетлери бәрқулла табысларға жетелей берсин.


Г.Турдышова,

Қарақалапақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы