Пайтахтымыздағы Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан  Республикасы көзи әззилер жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлими  баслығы Қуўатбай Шариповтың 70 жыллық юбилей кешеси болып өтти.

Илажға ресубликамыздың кең жәмийетшилик ўәкиллери, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери, юбилиярдың шаңарақ ағзалары ҳәм кәсиплеслери қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар Қ. Шариповтың мийнет жолы ҳаққында сөз етип, оның елимиздиң раўажланыўы жолында жанкүйерлик пенен мийнет етип атырған белгили тараў хызметкери екенлигин айтып өтти.


Мағлыўмат орнына айтып өтетуғын болсақ, Қуўат Шарипов 1977-жылы Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтын табыслы тамамлап, дәслепки мийнет жолын Өзбекстан көзи әззилер жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлиминде мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт ислери бойынша инструктор болып ислеўден баслады. Көп жыллар даўамында усы жәмийетте оқыў- өндирислик кәрханасында цех устасы, директор лаўазымын инабатлы атқарды. 1987-2024-жыллары Өзбекстан көзи әззилер китапханасында китапханашы, 2024-жылдан бүгинги күнге шекем Өзбекстан Көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлимине  басшылық етип келмекте.

Ярым әсирден аслам мийнет жолы даўамында жәмийет ағзаларына,  көз кеселлиги бойынша майыплығы бар инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың өмирден өз орынларын таўып, жәмийеттиң белсенди ағзалары қатарынан орын алыўы ушын жанкүйерлик етип келмекте. Сондай-ақ, жасларға устазлық етип, республика көлеминде ҳәр қыйлы илажларды өткериўде белсендилик көрсетип, жәмийеттиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўде үлес қосты. Оның мийнетлери мүнәсип баҳаланып, 2018-жылы «Мийнет нураныйы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.


Илажға Қарақалақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Отемисов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги