Қыстың қыраўлы күнлеринде де базарларымызды толтырып турған овощ-палыз егинлериниң ыссыханаларда жетистирилиўи халқымыздың талабын қанаатландырып келмекте. Әсиресе, бундай өнимлердиң сырт мәмлекетлерден импорт етилиўи менен бирге соңғы гезлери жергиликли  исбилерменлер тәрепинен өз жеримизде жетистирилип атырғанлығы көз қуўандырады.

Тақыятас районындағы «Найманкөл» АПЖ аймағында жайласқан «Найман агро теплица» ЖШЖ тәрепинен 2018-жылы 3,8 млн АҚШ доллары муғдарында инвестиция киригизилип, Қубла Корея технологиялары тийкарында ыссыхана шөлемлестирилген. Әйне пайытта терим мапазы болып атырған ыссыханада болғынымызда ол жердеги алып барылып атырған жумыслар менен танысып, ыссыхана  басқарыўшысы Е. Жалғасбаевты сәўбетке тартқан едик:

-Ыссыхана өз жумысын 2019-жылы баслаған болса ҳәзир, 8,5 гектар жер майданға помидор егилип, жетистирилип келинбекте. Бүгинги күнде жүзден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген. Жетистирилген өнимлерди өткен жылы  қоңсылас сырт ел мәмлекетлерине экспорт еткен  болсақ, ҳәзирги ўақытта  ишки базарға шығарып атырмыз. Алдағы ўақытлары сыртқа экспорт етиў нәзерде тутылған. Усы терим мәўсиминде 200 тонна өним базарларымызға тарқатылды. Биз заман талаплары тийкарында жумыс алып барыўымыз ушын Туркия мәмлекетинен агроном қәнигесин жумысқа шақырып, бирге ислесип атырмыз. Помидорымыз «Комадо» сорты болып, бир түптен 6,7 кг өним аламыз. Ыссыханамызда 180 мың  түп болып, олар тамшылап суўғарыў технологиясы тийкарында тәрбияланбақта.  Жумысларымыздың өнимли ҳәм сапалы болыўы ушын тәжирийбели хызметкерлердиң орны айрықша. Ыссыханамызда пидәкерлик пенен мийнет етип  атырған хызметкерлеримизден Ш.Юсупова, Д.Сейтмуратова, А. Атаева,  А.Нурешов, С.Ембергеновларды атап өтким келеди.





Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы