Конституция – мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге жәмийетлик турмыстың барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, адамлардың санасы ҳәм ой-пикирлериниң руўхый көтериңкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады.

Конституциямыз халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демократиялық
принцип Конституциямыздың 7-статьясында тастыйықланып
«Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги» деп көрсетилген.

Ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген Конституция, ол тарийхта сыналған улыўма инсаныйлық қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәмлекеттиң суверенитетин, нызамлардың үстинлигин, демократияны, социаллық әдилликти халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстинлигин өз ишине алады.

Конституция бизлердиң уллы мәмлекеттиң перзентлери екенлигимизди, оның тәғдирине жуўапкершилигимизди билдиреди. Ўатанымыздың өтмишине ҳәм келешегине мақтаныш сезимлеримизди оятады ҳәм оның уллы келешегине исеним билдиреди.

Елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды.

Конституциямыздың екинши бөлиминде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң улыўма тән алынған халықаралық ҳуқықый
нормалары сәўлеленип, олардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы Конституциялық дәрежеде беккемлеп қойылды. Бизиң уллы
мақсетимиз Конституциямыздың барлық нормаларына сиңдирилген.
Онда белгиленген турмыслық идеялар ҳәм олар себепли жүзеге келген нормалар тийкарында мәмлекетимиз суверенитети, ғәрезсизлиги беккемленип бармақта.

Конституцияда беккемленген, жоқары руўхый, мораллық қәдириятлар ҳәм миллий үрп-әдетлердиң турмыста қолланылыўы жәмийетимиздиң жаңаланыўына жәрдемлеседи, мәмлекетимиз пуқараларында жаңа турмыс тәризи ҳәм жаңаша ойлаўды пайда етеди. Тийкарғы нызамымыз пуқараларымыз санасында ғәрезсизлик, еркинлик қәдир-қымбат, жуўапкершилик, өз мәплерин журт мәплери менен үнлес ҳалда көриў сыяқлы ийгиликли идеяларды қарар таптырыўға хызмет етиўге қаратылған.

Конституциямыз келешеги уллы мәмлекеттиң исенимли ҳуқықый кепили есапланады. Ол турмысымызды жақсылаў, оны нызамлы тийкарда қурыў, ҳуқықларымызды тәмийинлеў, жәмийетте нызам ҳәм әдиллик үстинлигин орнатыў инсанды жоқары қәдирият деп ҳүрметлеп, оның барлық мәплерин қорғаў ушын хызмет етеди.

Халықты келешекке бағдарлаўшы, бириктириўши, аўызбиршилигин, дослығын беккемлеўши, мийнетке руўхландырыўшы ҳәм жәмлестириўши  Конституцияны ҳүрметлеўимиз, күнделикли турмыста тиккелей басшылыққа алыўымыз, ондағы белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлерди булжытпай әмелге асырыўымыз тийис.

 

                                                                  К.Кыпшакбаев,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик

судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги