Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан – Түркменстан» еркин саўда зонасын шөлкемлестириў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Хорезм ўәлаяты Шават районындағы 3,1 гектар жер участкасы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан санаат, транспорт, байланыс қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер категориясына өткериледи.

Бул 3,1 гектар жер участкасында товарларды сақлаў, таңлап алыў, сатыў, транспорт ҳәм басқа да заманагөй хызметлер инфраструктурасын шөлкемлестириў ушын «Өзбекстан – Түркменстан» еркин саўда зонасы шөлкемлестириледи.

Саўда зонасының хызмет көрсетиў мүддети кейин ала созыў имканияты менен 30 жыл етип белгиленди.

«Өзбекстан – Түркменстан» еркин экономикалық зонасының жумысын басқарыў ўазыйпасы «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасына жүкленеди.

Саўда зонасында заманагөй технологиялар тийкарында өнимлерди қабыллаў, сақлаў ҳәм таңлап алыў хызметлери көрсетиледи.

«Бир айна» ҳәм интерактив механизмлер тийкарында бажыхана, салық, сертификатлаў, фитосанитария, ветеринария, транспорт хызметлери, инфраструктура ҳәм имканиятларды үйренген ҳалда, банк ҳәм валюта алмастырыў, мобиль байланыс ҳәм қарыйдарлар ушын медициналық, мийманхана, автотранспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў ҳәм басқа да хызметлер жолға қойылады.

Бул саўда зонасында тек ғана Өзбекстан ҳәм Түркменстан Республикаларында ислеп шығарылған өнимлер саўдасы шөлкемлестириледи.

Аймақта көтере саўда операцияларын әмелге асырыў ҳуқықы берилген  «еркин бажыхана зонасы» бажыхана режими әмел етеди.

Өзбекстан Республикасы аймағында болған сырт мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳәрекетлениў ҳүжжетлери тийкарында өз алдына қадағалаў өткериў пункти арқалы өтеди және олардың артқа қайтыўына тек ғана кирген қадағалаў өткериў пункти арқалы рухсат етиледи.

Шахслар, транспорт қураллары ҳәм жүклер еркин ҳәрекетленеди.

Саўда зонасына:

өнимлер бажыхана төлемлери төленбей ҳәм экономикалық сиясат илажлары қолланбастан алып кириледи;

өнимлер саўда зонасының қатнасыўшылары тәрепинен «еркин бажыхана зонасы» бажыхана режимине рәсмийлестириў арқалы жайластырылады;

өнимлер юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға муўапық алып кириледи ямаса алып шығылады;

Түркменстан ҳәм усы мәмлекет арқалы келетуғын сырт ел пуқаралары ушын арнаўлы қадағалаў өткериў пункти арқалы визасыз тәртипте, шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет арқалы кириў, 15 күн даўамында аймақта болыў ҳәм кирген қадағалаў пункти арқалы шығыў имканияты жолға қойылады;

Саўда зонасындағы имарат ҳәм объектлерди исбилерменлик субъектлерине электрон онлайн аукцион саўдалары тийкарында ижараға береди.

Қарарға тийкарынан аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының жер фонды категориясының өзлестирилиўине байланыслы аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң набыт болғанлардың орнын қаплаў бойынша компенсация төлемлери өндирилмейди.


ӨзА