Кейинги ўақытларда көпшилик ўатанласларымыз тәрепинен сапасыз бензин өнимлери автомобильлерге айрықша зыян жеткергенин мәлим етпекте.

Сол себепли, АЖҚШта сатылып атырған сапасыз автобензин жанылғысына шек қойылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети «Өзагроинспекция» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте халықты сапалы бензин өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде орынларда жанылғы өнимлериниң сапасын үйрениў бойынша қадағалаў илажларын өткерди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында ис жүритиўши «РАФС» СИЧК, «РУХШОНА ХАМИД» ЖШЖ, «СУВИНШОТГАЗҚУРИЛИШ» ХК, «РУСЛАН» ФХ, «ТЎРТКЎЛЛИ БУНЁД ОИЛ» ЖШЖ ҳәм «ГУЛНОРА ГАЗ СЕРВИС» ЖШЖларға тийисли АЖҚШ ларда үйрениўлер өткерилди.

Бул жанылғы қуйыў шақапшаларынан бензин өнимлери сатып алынып, белгиленген тәртипте тийисли лабораторияларға усынылды. Лаборатория таллаўлары 7 хызмет көрсетиўши шақапшаның бензин өнимлериниң сапасызлығы бойынша өз шешимин берген.

Усы жуўмақларға бола, жанылғы қуйыў шақапшаларынан үлги алынған АИ-92 бензини қурамындағы октанның нормативлик ҳүжжет талабына бола, 92 болыўы керек екени, бирақ тексериў нәтийжесинде бул көрсеткиш шақапшаларынан алынған үлги жанылғы өнимлеринде 90 ға да жетпегени, тийисли талапқа жуўап бермейтуғыны ҳаққында жуўмақ шығарылған.

Комитет тәрепинен алып барылған үйрениўлерде АЖҚШ лар тәрепинен 2023-жылы АИ-92 маркалы сапасыз жәми 26 мың литрден аслам автобензин сатылғаны, буның нәтийжесинде тутыныўшыларға жәми 277 миллион сум зыян жеткерилгени анықланды.

Өткерилген тексериў нәтийжелери бойынша Комитеттиң арнаўлы комиссиясы тәрепинен жоқарыда көрсетилген хожалық жүргизиўши субъектлерге «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның тийисли статьясы талабының бузылыў жағдайлары бойынша нызамшылықта белгиленген тәртипте ис қозғатылып, қарар, көрсетпелер берилди.

Бәсеки комитети басқа да жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте бундай қадағалаў илажларын республикамыздың барлық аймақларында өткерип келмекте.

Ш.Маматуропова, ӨзА