Өзбекстан – Япония жаслар инновация орайында Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Япония Жер, инфраструктура, транспорт ҳәм туризм министрлиги менен биргеликте “Плотиналарды раўажландырыў ҳәм басқарыў” темасында биргеликтеги илимий-әмелий семинар болып өтти.

Онда тийисли министрлик ҳәм уйымлардыӊ жуўапкерлери, тараўдыӊ илимпаз ҳәм қәнигелери, Японияныӊ Өзбекстандағы елшиханасы, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (ЛСА) ниӊ Өзбекстандағы ўәкилханасы, Японияныӊ бир қатар компанияларыныӊ ўәкиллери, студентлер қатнасты.


Илажда Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри орынбасары Дилшоджон Ҳожиаҳмедов, Японияныӊ Жер, инфраструктура, транспорт ҳәм туризм министриниӊ халықаралық жойбарлар бойынша орынбасары Сеичи Онодера ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Япония арасында суў хожалығы тараўында бир қатар жойбарлар шеӊберинде тәбийғый апатшылықлардыӊ алдын алыў ҳәм сапалы инфраструктуралар менен тәмийинлеў бойынша тығыз бирге ислесиў жолға қойылған.

Биргеликтеги илимий-әмелий семинарда өзбек ҳәм япон илимпазларыныӊ айрықша жағдайлардыӊ алдын алыўды күшейтиў, плотиналардыӊ жер силкиниўлерге шыдамлылығын тәмийинлеў, санластырыў ҳәм суўды төменги ағымдағы халыққа қәўипсиз шығарыў сыяқлы бағдарлардағы баянатлары тыӊланды.

– Бул илимий-әмелий семинар плотиналардыӊ қәўипсизлиги тараўында Японияныӊ алдынғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм заманагөй технологияларды тартыў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыўымызда жәрдем береди, – дейди Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы баслығыныӊ орынбасары З.Ирисбоев. – Япониялы қәнигелер плотиналардыӊ қәўипсизлигин тексериў тәмийинлеў, суў қоймаханаларында шығындыларға қарсы гүресиўдиӊ алдынғы усыллары бойынша презентация өткергени қәнигелеримизде үлкен қызығыўшылық оятты.

Семинар шеӊберинде 10 ға шамалас Өзбекстан ҳәм Япония компаниялары арасында бизнес ушырасыўлар өткерилди.

Гулноза БОБОЕВА,
ӨзА